Алдын хабар бергенимиздей, KOICA (Korea international cooperation agency) ҳəм ТАТУ Нөкис филиалы менен биргеликте веб-технология бағдары бойынша жаңа дөгерек шөлкемлестирилген еди.
Сол тийкарда усы жылдың 11-сентябрь күни KOICA (Korea international cooperation agency) директор орынбасары Парк Ми, KOICA ның Өзбекстандағы ўәкиллиги координаторы Шукурулло Шукуров, волонтёрлар Канг Мухни, Юн Халимлер хызмет сапары менен ТАТУ Нөкис филиалында болды.
Делегация ағзалары веб-технология бағдары бойынша ашылған дөгерек жумыс барысы менен жақыннан танысты ҳәм ТАТУ Нөкис филиалы директоры техника илимлери докторы, Б.Каипбергенов пенен биргеликте алдағы тараўға тийисли режелерди келисип алды.
Еслетип өтемиз,ТАТУ Нөкис филиалында бүгинги күнде KOICA волонтёры Лее Юу Жун тәрепинен бийпул семинар-тренинглер турақлы шөлкемлестирилип келинбекте.
ТАТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети