Усы жылдың 6-8 сентябрь күнлери аралығында Өзбекстан Жаслар Аўқамы Орайлық Кеңеси, мәмлекетимиздеги барлық сиясый партиялар ҳәм қатар шөлкемлер тәрепинен Ташкент қаласында Азия жасларының конференциясы болып өтпекте.
Конференция социаллық-экономикалық машқалаларды шешиўге бағдарланған болып, ол халықаралық дәрежеде тән алынған шөлкемлердиң моделин жаслар тәрепинен таллықланыўды мақсет еткен.
16-30 жас аралығында өткерилип атырған Азия жасларының конференциясында ТАТУ Нөкис филиалы студенти “Репортёрлар” клубы тренери Мухаммед Бекмуратовта белсене қатнаспақта.
-«3 күн даўам ететуғын сессияларда мен Экология бағдарында қантасып, бүгинги экологиялық машқалаларды шешиўде Ғалаба хабар қуралларының әсиресе, блоггерлердиң тутқан орны бойынша өз пикир усынысларымды билдирмектемен»-дейди, ТАТУ Нөкис филиалы студенти Мухаммед Бекмуратов.
Еслетип өтемиз, Азия жаслар конференциясы жуўмағында қантасыўшыларға QR коды менен лицензияланған сертификаты тапсырылады.
ТАТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети