Алдын хабар берип өткен едик усы жылдың 8-август күни ТАТУ Нөкис филиалына магистратура қәнигелигине ҳүжжет тапсырған талабанлар арасында имтиханлар басланды.
Бүгин ҳүжжет тапсырған талабанлар арасында инглис тили пәнинен имтихан болып өтти. Нәўбеттеги имтиханда ҳақыйқый әшкара тәризде өткерилиўи ушын қадағалаў камералары орнатылған.
Мағлыўмат ушын атап өтемиз, 2019-жылдан баслап, магистратура тәлим басқышына кириў имтиханлары қәнигелик пән ҳәм инглис тили пәнлеринен өткерилмекте.
ТАТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети