Бәршеӊиздиӊ хабарыныз бар, 2019-жылдыӊ 19-март күни Президентимиз Ш.Мирзиёевтың басшылығында болып өткен видеоселектор мәжилисиндеги жасларға итибарды күшейтиў, жас әўладты мәденият, көркем өнер, дене тәрбиясы ҳәм спортқа кеңнен тартыў ҳәм олар арасында китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў бойынша белгилеп берген 5 баслама бүгинги күнде ҳәр тәреплеме қоллап қуўатланбақта.
Бунда, Халық ҳәм жаслардыӊ компьютер технологиялары ҳәмде интерненттен пайдаланыў көнликпелерин асырыў” 3-баслама сыпатында белгилеп берилген еди. Сол тийкарда бугин ТАТУ Нөкис филиалында Нөкис қаласындағы улыўма билим бериў мектеплери оқыўшылары ушын филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслары тәрепинен мастер-класс шөлкемлестирилди.
Илажда филиал студент-жаслары тәрепинен исленип атырған инновациялық жаңа жойбарлар менен толық таныстырылды.
Сондай-ақ, мектеп оқыўшылары филиал турмысы, жаслардыӊ компьютер технологиялары ҳәмде интерненттен пайдаланыў көнликпелерин асырыўға бағдарланған ислер менен жақыннан танысты.
Мағлыўмат сыпатында атап өтемиз,ТАТУ Нөкис филиалы профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қантасыўында Президентимиз тәрепинен белгилеп берген 5 басламаны кеӊ үгит нәсиятлаўға бағдарланған семинар-тренинглер, илажлар даўам етпекте.
ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети