Алдын хабар бергенимиздей, KOICA (Korea international cooperation agency) ҳəм ТАТУ Нөкис филиалы менен биргеликте веб-технология бағдары бойынша жаңа дөгерек шөлкемлестирилген еди.
Бүгин ТАТУ Нөкис филиалында KOICA волонтёры Кореялы Lee You Jun тəрепинен нəўбеттеги семинар-тренинг шөлкемлестирилди.
Семинар-тренингде профессионал сайт жаратыўдың басқышпа-басқыш усылы бойынша веб- программа тараўы бойынша тəжирийбели Кореялы волонтёр толық мағлыўматлар берип өтти.
Еслетип өтемиз, семинар-тренинглер бийпул шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, ағзалардың билим тəжирийбелерине қарап, топарларға бөлинеди.
ТАТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети