Усы жылдың 31-май 2-июнь күнлери аралығында Ташкент қаласында «Union X» жаслар ушын халықаралық конференция болып өтти.
Бул конференция 9 халықаралық шөлкем ҳәм Олий Мажлис Нызамшылық Палатасының симулятциясы есапланады. Конференция дунья жүзинде ҳәмде социаллық-экономикалық машқалаларды шешиўге бағдарланған болып, ол халықаралық дәрежеде тән алынған шөлкемлердиң моделин жаслар тәрепинен таллықланыўын мақсет еткен.
18-30 жас аралығында өткерилген халықаралық конференцияда жәми 450 делегат ҳәм чаирслар қатарында ТАТУ Нөкис филиалы студенти Ниетулла Абдуллаевта белсене қатнасты.
- «3 күн даўам еткен сессияларда мен Ғәрезсиз мәмлекетлер дослық аўқамына тийисли мәселелер бойынша моделлетириў жойбарына қантастып, өз пикир усынысларымды билдирдим» - дейди, ТАТУ Нөкис филиалы студенти Ниетулла Абдуллаев.
«Union X» халықаралық жаслар конференциясы жуўмағында қантасыўшыларға QR коды менен лицензияланған Union X сертификаты тапсырылды.
ТАТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети