QARO'ZBРУСENG

1-июнь- Халықаралық балалар күни

Балалар, перзент ҳәр бир шаңарақтың қуўанышы,өмир даўамшылары.  Итибар берип қарасақ кишкене балалардың кеўил дүньясы өзгеше болады. Себеби олардың кеўли пәк гирбиңсиз. Сонлықтанда халқымыз әзелден балажан халық.Бар меҳрин,тапқанын перзентине үлескиси келеди.
        Ҳәр жылы дүнья жүзинде сол қатары бизиң мәмлекетимизде1-июнь- Халықаралық балалар күни кең түрде белгиленеди. Бул жылыда байрам мүнәсибети менен өткерилетуғын барлық илажлар орынларда әллеқашан басланды.
      Бүгин Республика  туберкулезге қарсы гүресиў балалар санаториясында Халықаралық балалар күни кең түрде белгиленеди. Илажда Қарақалпақстан Респубикасы Жоқарғы Кеңеси комитет баслғы Сағындық Турманов, Қарақалпақстан Респубикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы директоры Батырбек Каипбергенов, Жаслар Аўқамы Қарақалпақстан Респубикасы Кеңеси баслығы Абат Данияров, Өзбекстан либерал демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси хызметкерлери қантасты ҳәм байрам менен қутлықлап саўғалар тапсырды.
     Әлбетте перзент бала қуўанса, әлем шадлыққа бөленеди. Мине усындай қуўаныш өмир бойы даўамлы болсын деп оларға бахытлы балалық тилеймиз. 

  ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети
Фото автор: Репортёр М.Бекмуратов.