QARO'ZBРУСENG

Семинар-тренинг шөлкемлестирилди

ТИТУ Нөкис филиалы жанындағы Академиялык лицей оқытыўшыларыныӊ оқыў-методикалық жумысларын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде ТИТУ Нөкис филиалы Информациялық технологиялар кафедрасы баслығы физика-математика илимлери кандидаты, Асия Турениязова тәрепинен лицей оқытыўшылары ушын семинар-тренинг шөлкемлестирилди. Семинар-тренинг даўамында информациялық технологиялар жәрдеминде педагогикалық инновациялық искерликти раўажландырыў бойынша методикалық усыныслар, бағдарлар берилди.

Сондай-ақ, оқытыўшылар оқыў тәрбия ислерин алып барыў усыллары бойынша өз пикирлерин билдирип өтти ҳәм керекли мағлыўматларға ийе болды.

ТИТУ Нөкис филиалы Баспасөз хызмети