Республикамыздың бәрше жоқары оқыў орынларындағы сыяқлы Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалында да уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер, ҳалқымыздың ардақлы перзенти Ислам Кәримовты еске алыў «Ўатан тынышлығының пидәкери» атамасындағы ушырасыў кешеси болып өтти.
Кешени филиал директоры, техника илимлери докторы Б. Қайыпбергенов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Илажға филиал профессор-оқытыўшылары, студент-жаслар ҳәм бир қатар орынлардан мийманлар қатнасты.
Онда Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен мелиоратор мийнет пидәкери Аширбеков Үббинияз, Ташкент информациялық технологиялары университети Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша проректоры, доцент Умаров Хайрулла, Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы профессоры Утеулиев Ниетбай «Ўатан тынышлығының пидәкери» атамасында баянаты менен шығып сөйледи.
Баянатта Биринши Президентимизден мийрас болып қалған тынышлық, абаданлық, жоқары инсаныйлық пазыйлетлери, халқымызға, әсиресе, жасларымызға көрсеткен тәрбиялық әҳмийетине ийе мийнетлери мақтаныш пенен атап өтилди.
Уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер елимиз Президентиниң видео слайдлар дөретпелери ҳәм жазған китапларын көзгизбеге қойылды.
Кешеде профессор-оқытыўшылары, студент-жаслары Биринши Президентимизге терең ҳүрметин, шексиз миннетдаршылығын билдирди ҳәм атамыздың ўәсиятларына садық болып, уллы келешек қурыў жолында өз үлеслерин қосыўға исеним билдирди.
Саламат АВЕЗОВ
Ташкент информациялық технологиялары университети Нөкис филиалы «Оқыў жәрдемши бөлими»ниң лаборанты.